Ушырасыўда еки тәреплеме ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди додаладық.
Биз Аўғанстанда турақлы раўажланыўды бәрқулла қоллап-қуўатлаймыз. Аўғанстанды регионаллық ҳәм глобал тәмийнат шынжырларына интеграциялаў әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып қалмақта. Сөзсиз, экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў, өз-ара байланысты күшейтиў ҳәм жедел шерикликти алға қойыў кең регионымызда турақлылық ҳәм абаданлыққа хызмет етеди, - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.








