Өзбекстан елшиси Түркия Президентине исеним жарлықларын тапсырды

    Өзбекстанның жаңадан тайынланған Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Илҳом Ҳайдаров Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанға исеним жарлықларын тапсырды.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, рәсмий мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы тереңлестирилген кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды.

    Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлери арасында шын жүректен ҳәм дослық қатнасықлар орнатылғаны айрықша атап өтилди. Жылдың ақырына шекем режелестирилген жоқары дәрежедеги илажларға итибар қаратылды.

    Өз-ара саўда-экономикалық байланысларды, экономикалық дипломатияны буннан былай да раўажландырыў ушын жоқары потенциал бар екенлиги, жақын жылларда өз-ара товар алмасыў көлемин 5 миллиард АҚШ долларына жеткериўдиң әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Түркия Президенти Өзбекстан елшисине өз-ара қатнасықларды беккемлеў жолындағы жуўапкершиликли жумысына табыслар тиледи және дипломаттың өз ўазыйпаларын орынлаўда барлық мәмлекетлик шөлкемлер жақыннан жәрдем беретуғынын атап өтти.