Сербияның Өзбекстандағы жаңа елшиси тайынланды

    Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов 27-октябрь күни Сербия Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси етип тайынланған Момчило Бабичтен исеним жарлығын қабыл етти.

    Ушырасыўда тәреплер Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы дослық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыўға өз-ара таяр екенин билдирди.

    Сыртқы ислер министри Момчило Бабичке еки мәмлекет арасындағы шерикликти тереңлестириў ҳәм жаңа биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған дипломатиялық миссиясында табыслар тиледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates