Ушырасыўда билимлендириў тараўында бирге ислесиўди тереңлестириў, жаслар менен ислесиў, академиялық алмасыў бағдарламаларын кеңейтиў ҳәм илимий жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша пикир алысылды.
Сондай-ақ, университетлер ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери арасындағы институционаллық бирге ислесиўди беккемлеў имканиятлары көрип шығылды.
Жаслар ҳәм билимлендириў - Өзбекстан ҳәм Грузия арасындағы келешекке бағдарланған, инновациялық ҳәм инсан потенциалын арттырыўға қаратылған қатнасықлардың тийкарғы сүйенишлеринен бири, - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.








