баннер
2 Mar 2025
19:08

    Бахтиёр Саидов Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары менен ушырасты

    Усы жылдың 27-январь күни Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов пенен Сыртқы ислер министрлигинде ушырасты.

    Ушырасыўда еки туўысқан халық арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да тереңлестириў еки мәмлекет басшылары еки тәреплеме қатнасықлардың унамлы бағдарының турақлылығын тәмийинлеўде беккем ҳәм узақ мүддетли тийкар жаратқаны додаланды.

    Сондай-ақ, ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Түркменстан Сыртқы ислер министрликлери арасында 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы ҳәм шәртнамалық-ҳуқықый базаны инвентаризациялаў ҳәм жетилистириў ҳаққындағы Протоколға қол қойылды.

    "Бүгинги додалаўларда бирге ислесиўимиздиң ҳеш бир тәрепин итибардан шетте қалдырмаған ҳалда барлық бағдарларды қамтып алдық. 2025-жыл күн тәртибимиз барлық дәрежелерде ҳәм тараўларда режелестирилген бир қатар интенсив алмасыўларға бай. Досларымызды Түркменстан басламасы менен қабыл етилген Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылының басланыўы менен қутлықлаймыз", - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech