ВВС өз материалында 2025-жылы БАӘ үстинен ерисилген тарийхый жеңистен соң Өзбекстан сайланды командасы 2026-жылғы футбол бойынша жәҳән чемпионатында қатнасыўды тәмийинлеп, биринши мәрте қыйын жолламаны жеңип өткени ҳәм пүткил мәмлекет бойлап ықласбентлерди қуўандырғанын еслетип өткен, деп жазады "Дунё" МА.
Атап өтилгениндей, Өзбекстанда футбол әлле қашан мәдений қубылысқа айланған. Миллий сайланды команда ҳәм "Пахтакор" клубы мәмлекеттиң футбол көринисин қәлиплестирип атырған болса, жақында 20 жаслы Абдуқодир Ҳусановтың Англияның "Манчестер Сити" клубына өтиўи футболға болған қызығыўшылықты және де арттырды. Қәнигелер ҳәм жанкүйерлердиң атап өтиўинше, сайланды командамыздың табыслары адамларды минберге қайтарып, мәмлекетте футболдың және де раўажланыўына тийкар жаратпақта.
ВВС Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы да қызлар ушын имканиятларды кеңейтип, стереотиплерди бузыў ҳәм жаңа әўлад спортшыларын илҳамландырып атырғанын атап өтеди.
"Өзбекстанда футбол жергиликли мәденият пенен тығыз байланыслы. Ықласбентлер ойынларды миллий тағамлар менен биргеликте тамашалайды: палаў, нан ҳәм басқа да тағамлар спорт тәжирийбесиниң ажыралмас бөлегине айланады", - деп атап өткен корпорация.
Жәҳән чемпионаты басланыўы менен Өзбекстан спорт, гастрономия ҳәм жергиликли дәстүрлерди бирден-бир миллий тарийхқа бирлестирип, өзиниң футбол жетискенликлери, мәдений мийрасы ҳәм миймандослығын көрсетиўге таяр екени атап өтилген.
"Өзбекстанда спорт бәрқулла жәмийетте айрықша орын ийелеген ҳәм футбол да буннан шетте емес, - деп түсиндирди ВВСге 30 жастағы Ташкент қаласында жасаўшы Суннатилло Саматов. - Ол ҳақыйқатында да сийрек гезлесетуғын ҳәм бай... бул тек спорт емес, ал мәдений феномен".