Бес жылда 4 мың 800 "ақыллы" есаплағыш ҳәм 3 мың телеметрия системасы орнатылады

    Сиясат 27 мамыр 2025 2724

    Мәмлекетимиз басшысына ишимлик суўы ҳәм ақаба тармақларын кеңейтиў бағдарындағы жумыслар бойынша мәлимлеме берилди.

    Халықтың турмыс сапасы ҳәм саламатлығында оғада әҳмийетли болған бул бағдар избе-из кеңейтилип барылмақта. Социаллық ҳәм аймақлық бағдарламалар шеңберинде көплеген объектлер қурылмақта. Ҳәзирги ўақытқа келип, елатлы пунктлердиң 81 проценти ишимлик суўы, 20 проценти ақаба системасы менен тәмийинленген.

    Быйыл 1 мың 619 километр ишимлик суўы, 521 километр ақаба суў тармақларын тартыў, 162 имаратты қурыў ҳәм реконструкциялаў режелестирилген. Булардың нәтийжесинде 715 мың халыққа биринши мәрте орайласқан ишимлик суўы жетип барады, және 400 мыңы ақаба хызмети менен қамтып алынады.

    Жуўапкерлер бул бағдардағы жумыслардың орынланыўы бойынша мәлимлеме берди.

    Халықаралық қаржы институтларының қатнасыўында 21 жойбар әмелге асырылмақта. Быйыл 800 миллион долларлық жумысларды орынлап, 138 суў объектин иске қосыў режелестирилген.

    Азия раўажланыў банки ҳәм Германия раўажланыў банки менен жойбар алды қаржыландырыў бойынша жақсы тәжирийбе жолға қойылды. Онда жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм жойбарлаўшы алдыннан таңланғаны ушын әмелий жумыслардың басланыўы тезлести. Келешекте барлық жойбарларда усы тәртипти қолланыў мақсетке муўапық екенлиги айтылды.

    Суў тәмийнаты системасын санластырыў ушын Азия раўажланыў банкинен 125 миллион доллар тартылған. Бул жойбар шеңберинде бес жылда ири суў объектлери ҳәм магистраль қубырларға 4 мың 800 "ақыллы" есаплағыш ҳәм дерлик 3 мың телеметрия системасы орнатылады.

    Тараўда халықаралық бирге ислесиў ҳәм жеке меншик шериклик раўажланып атырғанынан келип шығып, усы талапларға жуўап беретуғын қәнигелер таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates