Әлбетте, бул аңсат емес. Мине, усындай пазыйлетлерге ийе инсанлар ҳүрмет-итибарға ериседи. Бул тек ғана әпиўайы адамларға емес, ал мәмлекетлерге де тийисли.
Кейинги жылларда жанажан Өзбекстанымызға итибар ҳәм ҳүрмет шеңбери кеңейип бармақта. Бурын белгили бир мәмлекетлер менен байланыс еткен болсақ, енди БМШқа ағза мәмлекетлердиң дерлик барлығы менен дипломатиялық байланыслар орнатылып, өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылмақта. Әсиресе, дүньяның ең қүдиретли мәмлекетлери ҳәм ең абырайлы халықаралық шөлкемлер менен биргеликтеги уллы жумыслар, олардың нәтийжелери дүнья халқын таң қалдырмақта. Буннан кимлер қуўанышлы, кимлер оншама қуўанышлы емес. Бул да тәбийғый жағдай. Өйткени, өмир ақ-қарадан ибарат, ҳәр бир инсан сыяқлы ҳәр қандай мәмлекеттиң де дослары менен бирге қарсыласлары да болады. Демек, ҳәммеге бирдей унайтуғын инсанды табыў қыйын, бундай мәмлекетти излеў болса оннан да қыйын.
Хош, Өзбекистанымыздың дүнья жүзинде абырайы, итибары артып баратырғанының себеби неде? Ақыры бундай ҳүрметке ылайық көрилиўи өз-өзинен болмайды! Өзин пүткил дүньяны басқарып турғандай тутып атырған мәмлекетлердиң басшылары ағамыз ямаса дайымыз емес, не айтсақ "яқшы" деп орынласа. Олар ҳәр бир истиң мың бир тәрепин ойлап, бәринен бурын, өзиниң мәпин гөзлеп қарар қабыл етеди. Демек, бундай жетекшилер менен сөйлесиў өткеретуғын мәмлекетлердиң басшылары да ең кеминде солар дәрежесинде, керек болса, олардан да кең, терең пикирлеўи, позициясын анық-айқын билдирип, қатаң қорғаўы зәрүр. Сонда ғана олар мойынлайды ҳәм теңдей сөйлесиўге мәжбүр болады.
Мине, усындай жағдайларда Президентимиздиң халықаралық көлемде тән алынған жетекшилиги, мәмлекет басшысы сыпатындағы күшли сиясий ерк-ықрары, анық позициясына ийе екени, бул позиция тийкарында халқымыздың мәпи жәмленгени көринеди. АҚШ мәмлекет басшысы социаллық тармақларда Президентимиз ҳаққында қызғын, унамлы пикирлер жазғаны бийкарға емес.
Мәмлекетимиз басшысының қатаң сиясаты, беккем ерк-ықрары, тынымсыз ҳәрекетлери себепли тек ғана елимиз емес, ал пүткил дүнья жүзи ушын әҳмийетли болған тарийхый ўақыялар әмелге асырылмақта. Солардың айырымлары ҳаққында қысқаша пикир жүргиземиз.
Гүз мәўсими, яғный сентябрь, октябрь, ноябрь айларындағы ўақыяларга нәзер таслайық. Президентимиз сентябрьде БМШ Бас Ассамблеясының 80 жыллық юбилей сессиясында қатнасты ҳәм шығып сөйледи. Әҳмийетли тәрепи сонда, мәмлекетимиз басшысы бул халықаралық шөлкем минберинде екинши мәрте өзбек тилинде - ана тилимизде шығып сөйледи. Буның негизинде үлкен мәни-мазмун бар. Бул арқалы Президентимиз ана тилимиз оғада бай, гөззал, жаңғырған, нәзик тил екенин және бир мәрте көрсетти. Бул сол халықаралық әнжуманда қатнасқан барлық мәмлекет ўәкиллериниң санасына сиңди. Бул мақтанышымызды арттырады, қәлбимизди мақтаныш пенен толтырады.
Буның себеплери белгили: бурынғы аўқам дәўиринде БМШ түўе, өз елимизде - Өзбекстанда болатуғын мәжилислер ҳәм ҳәр қыйлы илажларда ана тилимизде сөйлесе алмайтуғын едик. Рәсмий илажлар түўе үш-төрт адамның өз-ара гүрриңлеринде де, олардан биреўи басқа миллет ўәкили болса, соның тилинде сөйлесиўге мәжбүр едик. Солай екен, дүньяның ең жоқары шөлкеми, егер солай деў керек болса, минберинде ана тилимиз жаңлаўы тарийхый ўақыя. Ҳәр қандай мәмлекеттиң ғәрезсизлигин белгилейтуғын әҳмийетли факторлардан бири оның тили болып есапланады.
Бул ўақыяның әҳмийетин барлық ўатанласларымыз терең аңлап жетпеген сыяқлы. Негедур усындай умытылмас, тарийхқа ўақыя сыпатында жазылатуғын ҳәдийселерге бираз итибарсыз қараймыз, мисли бәрқулла сондай болып келгендей. Ал буннан ҳәммемиз бирдей қуўаныўымыз керек, ҳәттеки бир-биримизди қутлықласақ та арзыйды. Оның орнына ҳәр қыйлы майда-шүйде, турмыслық мәселелер туўралы сөйлеймиз, жазамыз, солар бойынша тартысамыз.
Президентимиздиң АҚШ Президенти Дональд Трамп пенен ушырасыўы ҳәм онда келисилген мәселелер, БМШ Бас Ассамблеясының 80 жыллық юбилей сессиясы шеңберинде АҚШтың жетекши корпорациялары ҳәм банклериниң басшылары менен сөйлесиўлерде ерисилген нәтийжелерге бола, улыўма баҳасы 100 миллиард доллардан аслам шәртнамалар ҳәм перспективалы жойбарлар қәлиплестирилгени ҳаққында жазылды, сөз етиледи.
ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы соңғы қырық жылда биринши мәрте шөлкемниң Парижде жайласқан резиденциясынан тысқарыда - әййемги Самарқанд қаласында болып өткени шын мәнисиндеги тарийхый ўақыя болып есапланады. Бул халықаралық әнжуман да мәмлекетимиз басшысының басламасы ҳәм ҳәрекети менен әмелге асырылды. Онда 180 нен аслам мәмлекеттен 4600 ўәкил қатнасты. Бул әнжуман ЮНЕСКО Бас конференциясы сессияларында ең көп ўәкил қатнасқан илаж сыпатында тән алынды.
Бул бийкарға емес. Самарқандқа келгенлер ЮНЕСКО илажларында қатнасыў бәнесинде әййемги қаласымыздың сийрек ушырасатуғын архитектуралық естеликлери ҳәм заманагөй Самарқандты, бул жердеги дөретиўшилик жумысларды көрип кетеди. Саҳыпқыран Әмир Темур салтанатының пайтахты болған Самарқандқа зыярат етиў дүньядағы ҳәр бир ағартыўшы инсанның әрманы болып есапланады. Бул қалаға келиўшилердиң саны жылдан-жылға көбейип баратырғаны да соннан дәрек береди.
ЮНЕСКО сессияларында Самарқандтың жасы 3000 жылдан аслам екени тән алынғаны да бийкарға емес. Президентимиз ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясының ашылыў мәресиминде атап өткениндей, бундай абырайлы әнжуманның Самарқандта өткерилгени ЮНЕСКОға ағза мәмлекетлердиң жаңа Өзбекстандағы кең көлемли, жедел реформалар ҳәм олардың нәтийжелерин көриўге қызығыўшылығы, исеними артып атырғанынан дәрек береди.
Еки ҳәпте даўамында Бас конференция сессиясы мәжилислери менен бир қатарда 150 ден аслам семинарлар, конференциялар, халықаралық көргизбелер ҳәм басқа да илажлар болып өтти. ЮНЕСКО Бас конференциясы 43-сессиясында бир неше әҳмийетли қарарлар қабыл етилди. Соның ишинде, Пүткил жер жүзилик түркий тиллер күнин шөлкемлестириў ҳаққында резолюция қабыл етилди. Бул пүткил түркий халықларды (олар 200 миллионнан аслам) қуўандырды. Бул мәселе Бас конференция сессиясының күн тәртибине Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия ҳәм Өзбекстан тәрепинен ЮНЕСКОға ағза 21 мәмлекет қоллап-қуўатлаўы арқалы киргизилген. Бул тарийхый қарар әйне Самарқандта қабыл етилгени де мәмлекетимиздиң халықаралық көлемдеги абырайы артып атырғанына және бир айқын мысал болып есапланады. Енди барлық түркий тиллес халықлар ҳәр жылы 15-декабрьде усы күнди байрам сыпатында белгилейди.
Самарқандта өткен бул абырайлы әнжуманда усы халықаралық шөлкемниң жаңа Бас директоры сайланды. Бул лаўазымға мысырлы илимпаз ҳәм сиясий ғайраткер Холид ал-Ананий сайланды. Президентимиз 12-ноябрь күни Холид ал-Ананийди қабыл етти ҳәм оны жаңа лаўазым менен қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тиледи. 2017-жылдан берли ЮНЕСКОға басшылық етип келген Одри Азуле ханым Президентимиздиң пәрманына бола Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасында илим, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеў, халқымыздың бай мәдений мийрасын кеңнен ғалаба ен жайдырыў жумысларына қосқан үлкен үлеси ушын мәмлекетимиздиң "Дўстлик" ордени менен сыйлықланды.
Гүздиң соңғы айында елимизде және бир тарийхый ўақыя жүз берди. 13-ноябрь күни Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында "Орайлық Азия: улыўма руўхый-ағартыўшылық мийрас - улыўма келешек" темасында халықаралық конгресс болып өтти. Президентимиз конгресс қатнасыўшыларына қутлықлаў жоллады. Онда, соның ишинде, былай делинеди: "Бул әнжуман жаңадан қурылған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында болып өтип атырғаны әлбетте бийкарға емес. Бул саўлатлы комплексте үш мың жылдан аслам даңқлы тарийх, соның ишинде, регионымыз жериндеги Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўирлерин, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанның бүгинги раўажланыўы ҳәм келешегин жәмлеген сийрек ушырасатуғын интеллектуаллық-руўхый мәканда Сизлер бул ҳақыйқатты айқын сезиўиңиз мүмкин".
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген бул орайда ислам цивилизациясына байланыслы бийбаҳа дәреклер, илимий изертлеў ҳәм билимлендириў бағдарлары жәмленген. Миллий архитектуралық дәстүрлер ҳәм заманагөй архитектура үйлесиминде қурылған бул саўлатлы комплекстиң төрт тәрепинде 34 метрли текшелер, орта бөлиминде 65 метрли гүмбез бой тиклеген.
Халықаралық конгресс қатнасыўшылары бул орайдың залларын таңланыў ҳәм қызығыўшылық пенен тамашалады. Заманагөй технологиялар тийкарында тарийхтың "жанландырылғаны" мийманларды ҳәм үй ийелерин таң қалдырды. Орайдағы мағлыўматлар ҳәм шараятларды көрген адам өзин әжайып әлемге түсип қалғандай сезеди. Ҳақыйқатында да, бул жердеги ҳәр бир залда, ҳәр бир дәлизде, қулласы, ҳәр бир қәдемде әжайып нәрсеге дус келесиз...
Бизге белгили, 2017-жылдан берли Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары өткерилип келинбекте. Бул Мәсләҳәт ушырасыўының жетиншиси 16-ноябрь күни Ташкентте болып өтти.
Ушырасыўға басшылық еткен Президентимиз регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша бир қатар әҳмийетли усынысларды алға қойды. Саммитте Әзербайжан Республикасы Мәсләҳәт ушырасыўлары форматына толық ҳуқықлы ағза сыпатында қабыл етилди.
БМШтың Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша регионаллық орайының басшысы Коха Имнадзе БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң мүрәжатын оқып еситтирди.
Ушырасыў алдынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында" атамасындағы мақаласы жәрияланды. Онда регионымыз мәмлекетлериниң өз-ара бирге ислесиў нәтийжелери анық мысаллар тийкарында талланған, келешектеги ўазыйпалар белгилеп берилген. Мақалада, соның ишинде, мынадай қатарлар бар: "Мәсләҳәт ушырасыўлары форматы жолға қойылған 2017-жыл регионаллық бирге ислесиў тарийхында түпкиликли бурылыс жасады. Регион жетекшилери көп жыллар даўамында биринши мәрте сыртқы дәлдалшыларсыз системалы ҳәм турақлы сөйлесиўди баслады. Бул исеним, ашық-айдынлық ҳәм улыўма мәплерди аңлаўға тийкарланған жаңаша сиясий ой-пикирдиң символына айланды. Әйне Мәсләҳәт ушырасыўлары шеңбериндеги сөйлесиў себепли ески дәўирден қалған бир қатар келиспеўшиликлерди сапластырыў ҳәм исенимсизликтен ҳақыйқый бирге ислесиўге өтиўге ерисилди".
Ҳақыйқатында да, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының турақлы ушырасыўлары, өз-ара ашық сөйлесиўлери қаншелли жоқары нәтийжелер берип атырғанын, олар регионымыз халқының мәпи ушын хызмет етип атырғанын халықларымыз өз турмысында көрип тур. Бул бирге ислесиў мәмлекетлеримиздиң раўажланыўында да өз көринисин таппақта. Халқымыздың "Бирлескен озар" деген ҳикметинде терең мәни-мазмун жәмленген.
Орайлық Азия мәмлекетлери Президентлери - Шавкат Мирзиёев, Қасым-Жомарт Тоқаев, Эмомали Раҳмон, Садир Жапаров ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев 15-ноябрь күни Ислам цивилизациясы орайына барды. Жоқары мәртебели мийманлар "Исламға шекемги цивилизациялар", "Биринши Ренессанс", "Екинши Ренессанс" ҳәм "Жаңа Өзбекстан - жаңа Ренессанс" бөлимлерин көзден өткерди.
Қысқасы, быйылғы гүз мәмлекетимиз турмысында умытылмас, тарийхый ўақыяларға бай болды. Соның өзи белгили, тынышлық-татыўлық бар елде мине усындай қуўанышлы, пүткил дүнья жүзи дыққатын тартатуғын ҳәм ҳәўес ететуғын илажлар өткериледи. Өзбекистанымыз мине сондай журт - "дүньяны лал еткен дияр" (А.Арипов). Соның ушын бул елде раўажланыў бар, келешекке исеним бар. Бул елде барлық ҳәрекетлер инсан мәплерине, оның бахытлы, абадан жасаўына қаратылған.
Маматқул ҲАЗРАТҚУЛОВ.