баннер
7 Apr 2025
02:26

    Бажыхана институтында бакалавриатта дуал тәлим тийкарында оқытыў жолға қойылады

    Бажыхана комитети қурамында Сыртқы экономикалық жумыс илимий орайы шөлкемлестириледи.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып, мәмлекеттиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм бажыхана уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў мәселелерин илимий тийкарда үйрениў ушын Бажыхана комитети қурамында Сыртқы экономикалық жумыс илимий орайы шөлкемлестириледи.

    2026-жыл 1-январьға шекем Бажыхана институтында төмендеги мәлимлеме системалары енгизиледи:

    билимлендириў процесслерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў бойынша "Билимлендириў менеджменти" автоматластырылған мәлимлеме системасы;

    профессор-оқытыўшылар жумысының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў бойынша "Нәтийжелиликти баҳалаў" модули;

    бажыхана уйымлары хызметкерлериниң маманлығын арттырыў бойынша "Малака" автоматластырылған мәлимлеме системасы.

    2025/2026-оқыў жылынан:

    бакалавриатта дуал билимлендириў тийкарында оқытыў жолға қойылады;

    магистратурада төлемли-контракт тийкарында билимлендириў мүддети еки жыл болған сыртқы билимлендириў формасы енгизиледи.

    2025-жыл 1-июльден қамсызландырыў шөлкемлери менен бажыхана уйымларының мәлимлеме системаларын өз-ара интеграциялаған ҳалда шегара арқалы ҳәрекетленип атырған автотранспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў механизми жолға қойылады.

    Бунда:

    бажыхана постына кирип келген автотранспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилиги ҳаққында қамсызландырыў полисин рәсмийлестириў бажыхана уйымларының мәлимлеме системалары арқалы әмелге асырылады;

    Бажыхана комитетиниң тийисли бағдарламалары Перспективалы жойбарлар миллий агентлигиниң Бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасына интеграцияланады;

    шет мәмлекетлерде дизимнен өткерилген автотранспорт қуралларын бажыхана рәсмийлестириўинен өткериў пуқаралық жуўапкершилиги ҳаққында қамсызландырыў полиси бар болғанда әмелге асырылады.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech