"Бажыхана жыйымлары ставкаларын тастыйықлаў ҳаққында"ғы ҳүкимет қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң "Ҳуқуқий ахборот" телеграм каналында хабар берилди.

Қарарға бола, төмендегилерди нәзерде тутатуғын бажыхана жыйымлары ставкалары тастыйықланды:

товарлардың бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлар муғдарын бажыхана уйымлары тәрепинен ҳәрекетлерди әмелге асырыў менен байланыслы болған қәрежетлердиң шама менен баҳаланған мәнисинен келип шығып белгилеў;

товарларды "экспорт" ҳәм "импорт" бажыхана режимлерине рәсмийлестириў ушын өндирилетуғын бажыхана жыйымлары ставкаларын өз-ара муўапықластырыў.