Атап айтқанда, Азия Парламент Ассамблеясының Бас хаткери Муҳаммад Ризо Мажидий менен болып өткен сөйлесиў ўақтында бул абырайлы сиясий структураның регионда тынышлық, турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған жойбарларының әҳмийети, онда Өзбекстанның белсене қатнасыўы айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясының Ташкентте өткерилиўи үлкен ўақыя сыпатында тән алынды. Муҳаммад Ризо Мажидий бул халықаралық көлемдеги илажда қатнасыўдан мәпдар екенин билдирди.
Ушырасыўда Ассамблеяға ағза мәмлекетлер менен нәтийжели парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды. Саўда-экономикалық, инвестициялар, транспорт ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша пикир алысылды.
Сөйлесиў даўамында регион мәмлекетлери арасында туристлердиң ағымы артып атырғаны атап өтилди. Мәденият, көркем өнер ҳәм зыярат туризми бағдарындағы бирге ислесиў жойбарларын да жолға қойыўға келисип алынды.
Усы күни Пакистан Сенатының Баслығы Юсуф Ризо Ғилоний менен де ушырасыў өткерилди.
Онда еки мәмлекет жетекшилериниң ис-ҳәрекетлери себепли Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы дәстүрий дослық ҳәм туўысқанлық байланыслары стратегиялық шериклик руўхында избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.
Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет халықларының уқсас тарийхы ҳәм уқсас қәдириятларын есапқа алып, мәдений жойбарларды әмелге асырыў ҳәм саўда-экономикалық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў бойынша пикир алысылды.
Сондай-ақ, парламентлераралық байланысларды раўажландырыў мақсетинде нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, дослық топарларының жумысын және өз-ара сапар етиў ҳәм сөйлесиўлерди жеделлестириўге келисип алынды.
Ушырасыўда усы жылы 5-9-апрель күнлери Ташкентте өткерилетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясында Пакистан тәрепи де қатнасыўға үлкен қызығыўшылық билдирип атырғаны атап өтилди.
Сапар етиў даўамында Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республикалық Кеңесиниң баслығы Наталья Кочанова менен ушырасыў болып өтти.
Онда еки тәреплеме байланысларды беккемлеў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыўда нызамшылықты жетилистириў мәселелери додаланды.
Беларусь Республикасы Азия Парламент Ассамблеясында бақлаўшы статусын алғаны жаңа перспективаларды ашыўға хызмет ететуғыны менен әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.