Қарарға бола, республикада балалар ушын мөлшерленген миллий контентлер ислеп шығарыў ҳәм оларды ғалаба ен жайдырыўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди.
Соннан:
балаларда саламат турмыс тәризи көнликпеси, тәбиятты қәстерлеп сақлаў, миллий қәдириятларға ҳүрмет ҳәм ана Ўатанға садықлық сезимин тәрбиялаўға хызмет ететуғын контентлер жаратыў;
балалар ушын қәўипсиз мәлимлеме орталығын жаратыў;
ата-аналар ҳәм балаларды интернет тармағындағы мәлимлемени дурыс баҳалаўға және қәўипли контентлерди анықлаўға бағдарлайтуғын механизмлерди ислеп шығыў.
Қарарға тийкарланып, балалар ушын мөлшерленген контент жаратыўдан алған дәраматы жәми жыллық дәраматының кеминде 80 процентин қураған юридикалық тәреплер 2025-жыл 1-июльден 2030-жыл 1-январьға шекем:
пайда салығын төлеўден азат етиледи;
социаллық салықты 1 процент муғдарында төлейди;
юридикалық тәреплерге балалар ушын мөлшерленген контентлер жаратыў менен байланыслы болған қәрежетлерин пайда салығын есаплаўда шегирип таслаў ҳуқықы бериледи.
Балалар ушын мөлшерленген контентлер жаратыў бағдарында жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў мақсетинде ҳәр жылы "Ел-юрт умиди" қоры тәрепинен дүньядағы жетекши жоқары билимлендириў шөлкемлеринде бакалавриат бағдары бойынша кадрлар таярлаў ушын 5 квота ажыратылады.