баннер
3 Mar 2025
02:18

    Болгария менен биргеликте Өзбекстанда халықаралық оқыў орайы шөлкемлестириледи

    Қашқадәрьяда "Кәсиплик таярлық орайы", Самарқандта "Билимин баҳалаў орайы" шөлкемлестириледи.

    Миграция агентлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Қашқадәрьяда "Кәсиплик таярлық орайы", Самарқандта "Билимин баҳалаў орайы" шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, талабанларға халықаралық көлемде тән алынатуғын сертификатлар бериледи ҳәм Германия және Болгарияда жумыс пенен тәмийинленеди.

    Бул бойынша Агентлик директорының орынбасары Азимжон Ҳусанов ҳәм Болгарияның “VERO Scaffolding” компаниясының Орайлық Азия регионаллық директоры Андрей Самсонов арасында болып өткен ушырасыўда келисип алынды.

    Атап өтилиўинше, жойбар усы жылдың март-апрель айларында әмелге асырылыўы режелестирилген.

    “VERO Scaffolding” компаниясы - қурылыс бойынша қәнигелескен болып, қурылысты режелестириў, конструкция есапларын тексериў ҳәм ҳаўазанларды (лесаларды) моделлестириў бағдарларында Европада кең тәжирийбеге ийе, жойбарларын Жақын Шығыс, Азия ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринде де әмелге асырады.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech