Сөйлесиў ўақтында Девид Шелли «Hachette UK» компаниясының жумысы ҳаққында айтып берди. Оның айтыўынша, «Hachette Learning» бренди тийкарында компания тәрепинен билимлендириў мәкемелери ҳәм қәнигелер зәрүрликлери ушын зәрүр болған программалық өнимлер иске қосылған. Бул программалық тәмийнат өнимлери ҳәр қыйлы жастағы оқыўшылар ушын мөлшерленген.
"Өзбекстанда билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды ҳәм жаслардың сапалы билим алыўы ушын жаратылып атырған шараятларды тән алыў керек. Бул факторлар бизди келешекте Өзбекстан менен бирге ислесиўди жолға қойыўға ийтермелемекте," - деди ол.
Ушырасыў ўақтында «Hachette UK» компаниясы атынан Республикалық балалар китапханасы ушын ең жаңа китаплар ҳәм инглис тили сабақлықлары тапсырылды, деп хабар береди "Дунё" ХА.
«Hachette UK» дүньядағы ең ири баспа ҳәм билимлендириў хызметлерин көрсетиўши жетекши компания болып есапланады. Оның Британиядағы жумысына 1846-жылы жол қойылған. Ҳәзирги күнде компания 12 баспа үйи ҳәм 60 баспаханаға ийе.