Ушырасыў даўамында Британия компаниясының ўәкили усы жылдың 26-февраль күни Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов басшылығындағы делегация ҳәм "ВР" басшылары арасында өткерилген сөйлесиўлердиң нәтийжелерин жоқары баҳалады, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Бул сөйлесиў өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, кең көлемли инвестициялық ҳәм санаат жойбарларын әмелге асырыў ушын беккем тийкар жаратқаны атап өтилди.
Уллы Британия тәрепи Өзбекстан менен энергетика тараўында, соның ишинде, углеводород ресурсларын излеў ҳәм қазып алыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша системалы ҳәм узақ мүддетли шерикликти жолға қойыўдан мәпдар екенин билдирди.
Бул бирге ислесиў инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм Өзбекстанның энергетика потенциалын буннан былай да арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында "ВР2" делегациясы V Ташкент халықаралық инвестициялық форумында жоқары дәрежеде қатнасыўға таяр екени билдирилди. Бул еки тәреплеме бирге ислесиўди және де жеделлестириў ҳәм жаңа инвестициялық келисимлерди алға қойыў ушын әҳмийетли платформа болыўы күтилмекте.