Атап өтилиўинше, жумыс ҳәптеси даўамында 36-39 дәреже әтирапында, қублада ҳәм шөл аймақларында 40 дәрежеге шекем болады.

Усы күнлерде республика аймағы бойынша аз бултлы ҳәм қурғақ ҳаўа-райы бақланады.

Арқада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте.

Ташкентте: ҳаўа ашық ҳәм қуяшлы болады. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы күндиз +36...+39 градус, түнде +21...+24 градус болады.