Нызам менен киргизилген қосымшаларға бола, төмендеги жумыс түрлерин әмелге асырыў ушын лицензиялаў тәртиби енгизилетуғыны белгиленди:
қара металл сынықлары ҳәм шығындыларын таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў ҳәм реализациялаў;
реңли металлардың сынықлары ҳәм шығындыларын таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў ҳәм реализациялаў;
тәбийғый газдиң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы.
Усы жумыс түрлери бойынша лицензия берилгенлиги ушын төмендеги муғдарларда мәмлекетлик бажы өндириледи:
Қара ҳәм реңли металлардың сынық ҳәм шығындыларын таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў, реализациялаў - БЕМниң 10 есеси муғдарында;
тәбийғый газдиң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы - БЕМниң 30 есеси муғдарында.