1-май күни мәмлекетимизде мәҳәлле баслықлары сайлаўы басланды

    Елимизде усы жыл май-июль айларында "Мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықларының сайлаўы" өткериледи.

    2025-жыл 1-майдан баслап республика аймағындағы 189 район, қаланың 193 мәҳәллесинде сайлаўлар басланды.

    Биринши күн 193 мәҳәлледе пуқаралар жыйыны баслықларының сайлаўы болып өтиўи белгиленген. Оған бола, бул сайлаўда қатнасатуғын ўәкиллер 55 841 ди қурады.

    Өзбекстан Республикасының "Пуқаралар жыйыны баслығының сайлаўы ҳаққында"ғы нызамына киргизилген өзгерислер менен қосымшаларға муўапық мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының ўәкиллик мүддети 5 жылға созылды.

    Енди биринши мәрте сайлаўлар жаңаша демократиялық принциплер тийкарында, ашық-айдынлықта, пуқараларымыздың ерк-ықрарын еркин билдириў принциплерине сай тәризде өткериўге айрықша итибар қаратылмақта.