Шымбайда сайлаўлар қалайынша өткерилмекте?

    1-май сәнесинен баслап мәмлекетимизде пуқаралар жыйыны баслықларының сайлаўы басланды.

    Бул әҳмийетли сиясий илажды шөлкемлескенлик пенен өткериўге Шымбай районында қызғын таярлықлар алып барылды. -Көпшиликке мәлим болғанындай быйылдан баслап Өзбекстан Республикасының «Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында»ғы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди,-дейди Шымбай районында сайлаўды өткериўге көмеклесиўши комиссия баслығы Оңғарбай Байниязов.-Жаңа редакциядағы нызамға бола, енди мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының ўәкиллик мүддети 5 жылға создырылды. Бул өзгерислер пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына талабанлардың қызығыўшылығын арттырып, олардың саны көбеймекте. Әлбетте, бул талабанлардың ҳүжжетлери комиссия ағзалары тәрепинен үйренип шығылып, ең мүнәсиплери ғана сайлаўда қатнаспақта. Бүгинги күнге шекем Тазғара, Пашенттаў ҳәм Қаракөл елатларында пуқаралар жыйыны баслықларының сайлаўы өткерилди. Өткерилген сайлаўларда Тазғара ҳәм Қаракөл елатларында буннан алдын да пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымында ислеп киятырған Садық Ибрайымов пенен Қурбанбай Адиловлар пуқаралар жыйыны баслығы етип сайланған болса, Пашенттаў аўыл пуқаралар жыйыны баслығына Лалахан Мамбетмуратова жаңадан сайланды.

    Ал, бүгин Қамысарық аўыл пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўын өткеремиз.

    Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, ҳәзирги ўақытта Шымбай районында 22 өзин-өзи басқарыў уйымы болып, пуқаралар жыйыны баслықларының сайлаўын 19-майда жуўмақлаў режелестирилген.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates