Мәҳәлле системасын раўажландырыў бойынша анық механизмлер белгиленип, қосымша күш ҳәм имканиятлар берилмекте, ўәкиллик те, жуўапкершилик те төменги системаға түсирилмекте.
Нәтийжеде мәҳәлле ҳәр бир шаңарақ, инсан машқаласы, дәрти-тәшўишине терең кирип бара алатуғын халықшыл структура сыпатында және де жеделлести. Мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторынан ибарат "мәҳәлле жетилиги" шөлкемлестирилип, бирден-бир жәмәәт сыпатында ислеў тәртиби енгизилди. Бүгин 9452 мәҳәлледе "мәҳәлле жетилиги"ниң 57 мыңнан аслам ағзасы жумыс алып бармақта.
Өткен дәўирде "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен халықты жумыс пенен тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, жынаятшылықтың алдын алыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, шаңарақларда тынышлық-татыўлық ҳәм аўызбиршиликти үгит-нәсиятлаў мақсетинде кең көлемли жумыслар исленди. Соның ишинде, олардың бир жыллық жумысы даўамында дерлик 5000 мәҳәлле жынаятшылық, 3000 ға шамалас шаңарақлық ажырасыў, 1795 мәҳәлле жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырылды. Халықтың мүрәжатларының дерлик 80 процентин мәҳәллениң өзинде шешиў системасы жолға қойылды.
Буннан тысқары, "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы шеңберинде қыйналған, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, олардағы жумыссызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша системалы жумыс исленбекте. Бул бағдарда тек ғана 2024-жылы Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, мәҳәллелердиң жәрдеминде 754 мыңнан аслам жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленди, 194 мыңға шамаласы исбилерменлик жумысын жолға қойды, 472 мыңнан асламына кредит ҳәм 48,2 мыңына субсидия ажыратылды. 165 мың 729 адам, соның ишинде, 69,6 мың ҳаял-қыз ҳәм 96,1 мың жас кәсип-өнер, исбилерменлик көнликпелерине оқытылды.
Сайхунабад, Зарбдор, Ғиждувон, Уйчи тәжирийбеси тийкарында хожалықларда қыйтақ жерден қосымша дәрамат алыў системасы жолға қойылды. Социаллық дәптерлерге киргизилген дерлик 228 мың ўатанласымызға материаллық жәрдем берилди.
Өткен жылы Самарқандта халықтың турмыс дәрежесин арттырыўда мәҳәллениң орнына бағышлап өткерилген халықаралық әнжуманда елимизде мәҳәлле системасында ерисилип атырған әне усындай өзине тән нәтийжелер айрықша атап өтилди. Бул бағдардағы миллий тәжирийбемиз үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға ылайық деп табылды.
Усындай ийгиликли жумыслар даўам етиўи ҳәм жаңа басқышқа көтерилиўинде мәҳәлле системасында ислеп атырған ҳәр бир қәнигениң орны бар. Атап айтқанда, мәҳәлле баслықларының жумысы бул бағдарда әҳмийетли орын ийелейди. Сонлықтан, мәҳәлле ақсақалы лаўазымына мүнәсип талабанларды сайлаў ҳәм олардың жумысын раўажландырыўға жәрдемлесиў турақлы итибарда. "Пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўы ҳаққында"ғы нызамға киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға муўапық, мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының ўәкиллик мүддети 5 жылға создырылғанының тийкарында да әне усындай мақсет жәмленген.
Быйыл май-июль айларында болып өтетуғын мәҳәлле баслықларының сайлаўын жаңаша демократиялық принциплер тийкарында, ашық-айдынлық, пуқаралардың ерк-ықрарын еркин билдириў принциплерине сай тәризде өткериў бул процессте үлкен әҳмийетке ийе.
- Нызамшылығымызға киргизилген өзгерислерге муўапық, мәҳәлле баслығы сайлаўын өткериў мүддетин белгилеў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық кеңеслериниң ўәкиллигине өткерилди, - дейди Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы баслығының биринши орынбасары - Сайлаўды өткериўге жәрдемлесиўши штаб басшысы Жавдатхон Иноғомов. - Бул өзгерис орынлардағы мәҳәллелердиң жергиликли ўәкилликли уйымлары менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыўға жәрдем береди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет мәҳәлле баслығы сайлаўына таярлық илажлары, өткериў мүддетлери ҳәм тәртибин белгилейтуғын ўәкилликлерди орайластырмаў болып табылады.
Нызамға киргизилген әҳмийетли өзгерислер ҳәм қосымшалар пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртибин буннан былай да жетилистириў, сайлаўға таярлық илажларын өткериў мүддетлери ҳәм тәртибин белгилейтуғын ўәкилликлерди орайластырмаў, пуқаралар жыйынлары баслықларының билим ҳәм қәбилетин толық көрсетиўине хызмет етеди.
Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының мағлыўматына бола, ҳәзирги күнлерде пуқаралар жыйыны баслықларын сайлаўға қызғын таярлық көрилмекте. Сайлаўды миллий нызамшылығымыз принциплери ҳәм демократия талаплары тийкарында өткериў мақсетинде Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясында республикалық штаб, 14 аймақ және 208 район ҳәм қалада мәҳәлле баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесиўши комиссиялар жанында штаблардың жумысы жолға қойылды.
9452 мәҳәлледеги жумысшы топарлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде ҳәр бир мәҳәллени сайлаўға байланыслы үгит-нәсиятлаў материаллары және талабанлар ҳәм сайлаўға байланыслы мағлыўматлар стенди менен тәмийинлеў нәзерде тутылған.
14 аймақта жергиликли кеңеслердиң сессиясы өткерилип, мәҳәлле баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесетуғын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы комиссиялары және илажлар режеси тастыйықланды. 208 район (қала) лық кеңес сессияларының қарары менен пуқаралар жыйынлары баслықларының сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесиўши районлық ҳәм қалалық комиссиялар тастыйықланды. Мәҳәлле баслығы сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша 9452 мәҳәлледе пуқаралар жыйынлары ўәкиллери мәжилислериниң қарары менен жумысшы топарлар тастыйықланды.
Әдиллик министрлиги менен бирге усы жылдың февраль-март айларында жәрдемлесиўши комиссиялар ҳәм жумысшы топарлардың ағзалары оқытылды. Сондай-ақ, олардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша бир қатар методикалық усыныслар ҳәм қолланбалар, сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жумысшы топарлар ушын еслетпелер ислеп шығылып, аймақларға жеткерилди.
Май-июль айларында болып өтетуғын сайлаўларда жумысшы топарлар тәрепинен 208 район (қала) лық жәрдемлесиў комиссиясының қарары менен 9452 мәҳәлледе ўәкиллер саны белгиленди. Сайлаўда 2 миллион 600 мыңға шамалас ўәкил қатнасыўы күтилмекте.
Баҳор ХИДИРОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы




