Тәжикстан Республикасы Орайлық сайлаў ҳәм референдумлар комиссиясы тәрепинен 231 халықаралық бақлаўшы аккредитациядан өткерилди. Олардың арасында ҒМДА Миссиясы (қурамында ҒМДА ПА, КҚШШ ПА, Беларусь ҳәм Россия Аўқамы Парламент Ассамблеясы ҳәм ҒМДА Атқарыў комитети бақлаўшылар топары), ШБШ ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиў шеңберинде Грузия, Қазақстан, Қырғыз Республикасы, Россия, Түркия, Өзбекстан орайлық сайлаў уйымлары ҳәм сырт ел бақлаўшылары бар еди.
Өзбекстан делегациясы қурамында ОСК ағзалары, Секретариат хызметкерлери, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларының аймақлық сайлаў комиссияларының ўәкиллери, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан делегациясының басшысы З.Низамходжаев Тәжикстан Республикасы Орайлық сайлаў ҳәм референдумлар комиссиясының баслығы Б.Худоёрзода менен ушырасты. Ушырасыўда парламентлик сайлаўларға таярлық ҳәм оларды өткериў процеси ҳаққында толық мағлыўмат берилди, сондай-ақ, еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери де додаланды. Сол күнниң өзинде Өзбекстан делегациясы округлик сайлаў комиссияларына барды.
2-март - даўыс бериў күни, делегация ағзалары өзлериниң халықаралық миссиялары шеңберинде Душанбе ҳәм оның әтирапындағы сайлаў участкаларына барды.
Мажлиси Намояндагонға сайлаўлар аралас сайлаў системасы тийкарында өткериледи. Төменги палата 63 депутаттың 22 бирден-бир сайлаў округинен партия дизими тийкарында, 41 бир мандатлы сайлаў округлеринен сайланады.
Сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў мақсетинде Тәжикстан Орайлық сайлаў ҳәм референдумлар комиссиясы тәрепинен бирден-бир улыўма республикалық сайлаў округи, 41 бир мандатлы сайлаў округи ҳәм округлик комиссиялар және 3 513 сайлаў участкалары шөлкемлестирилди.
Мәмлекет пуқараларының сырт елде даўыс бериў ҳуқықын әмелге асырыў мақсетинде 28 мәмлекетте 36 сайлаў участкасы дүзилди. Бул сайлаў участкалары Тәжикстан Республикасы Маджлиси намояндагонға сайлаў өткериў бойынша Шоҳмансур №3 бир мандатлы аймақлық сайлаў округине бириктирилди, себеби мәмлекет сыртында өз алдына сайлаў округлери шөлкемлестирилмейди.
Даўыс бериў процеси азанғы саат 6:00 ден кешки 20:00 ге шекем даўам етти.
3-март күни Өзбекстан делегациясы Тәжикстан Орайлық сайлаў ҳәм референдумлар комиссиясы тәрепинен өткерилген баспасөз коньференциясында қатнасты. Онда мәмлекет парламенти төменги палатасы сайлаўларының дәслепки нәтийжелери жәрияланды.
Жәрияланыўынша, 5 522 038 сайлаўшыдан 4 712 967 сайлаўшы даўыс берген, бул сайлаўшылардың 85,3% ин қураған.
Бирден-бир улыўма республикалық сайлаў округинде сиясий партиялар дизими бойынша Тәжикстан Аграр партиясын 21 процент сайлаўшы, Тәжикстан Демократиялық партиясын 5,1 процент, Тәжикстан Экономикалық реформалар партиясын 12,7 процент, Тәжикстан Социалистлик партиясын 5,3 процент, Тәжикстан Халық демократиялық партиясын болса 51,9 процент сайлаўшы қоллап-қуўатлады. Тәжикстан Коммунистлик партиясы 1,9% даўыс алды, бул 5% тен аз болғаны ушын ол депутатлық мандатынан айырылды. Барлық сиясий партиялар дизимине қарсы даўыслардың саны 50 895 ти қурағаны хабар етилди.
Сондай-ақ, бир мандатлы сайлаў округлери бойынша сайлаўда қатнасқан партиялар алған мандатлар саны да жәрияланды: Аграр партия 5, Демократиялық партия 1, Экономикалық реформалар партиясы 3, Социалистлик партия 1 ҳәм Халық демократиялық партиясы 12 депутатлық мандатына ийе болды.
Тәжикстан нызамшылығына муўапық, парламентлик сайлаўлардың жуўмақлаўшы нәтийжелери парламентлик сайлаўларда даўыс бериў күнинен баслап кеминде 14 күннен кешиктирмей жәрияланыўы керек.
Орайлық сайлаў комиссиясы.