Бухарадағы Пойкент қалдықларынан әййемги буйымлар табылды

    15 қаңтар 2025 1306

    Металлдан исленген әййемги қураллар ҳәм басқа үскенелер эрамыздан алдынғи I әсир ҳәм эрамыздың I әсирине тийисли.

    Пойкент қарабақаналарында алып барылған изертлеўлер нәтийжесинде металлдан исленген әййемги қураллар ҳәм басқа да үскенелер табылды.

    Бухара ўәлаяты Қаракөл районы аймағында жайласқан бул орын узақ жыллардан берли Өзбекстан Илимлер академиясы Археология институты ҳәм Россия мәмлекетлик Эрмитажының Бухара экспедициясы археологлары тәрепинен үйренип келинбекте.

    Бухара мәмлекетлик музей-қорықханасы реставраторы Дилмурод Холовтың билдириўинше, табылмалар арасында ҳәр қыйлы өлшемдеги ханжарлар, нықап бөлеклери, оқ найза ушлары, әскерлер саўытынан бөлекшелер, қол урысы ўақтында қолланылатуғын металл жүзиклер бар.

    "Олар бизиң эрамызға шекемги I әсир ҳәм бизиң эрамыздың I әсирине тийисли. Бул сийрек ушырасатуғын буйымлар саклар ҳәм массагетлер дәўирине тийисли ибадатхананың қубласында алып барылған археологиялық қазыўлар ўақтында анықланды. Бул үскенелер ойпатлық, улыўма, Орта Азиядан табылған ең әййемги металл қураллар топламы болып есапланады", - дейди Д.Холов.

    Атап өтилиўинше, табылмалар арасында өртти тасыўға мөлшерленген деп болжап атырған кепкир, еле не екени анықланбаған шеңберли үскене ҳәм қоңыраў да бар. Қоңыраў ибадатхана ушын мөлшерленген болып, бети металлдан, ишки бөлеги реңли металлдан, тилшеси сүйектен ибарат.

    Ҳәзир табылмаларды консервациялаў, оңлаў жумыслары алып барылмақта.

    "Халық сөзи" басылымының жазыўынша, әсирлер даўамында жер астында жатырған табылмаларды дәслепки ҳалына келтириў қыйын ҳәм қәрежетли болып, ҳәзирги ўақытта реставраторлар қәўендерлик жәрдемине мүтәж.