Әлий Кусшының баласына тийисли болған шығарма Өзбекстанға усынылды

    13 қаңтар 2025 1390

    Шығарманы өзбек тилине аўдарыў жумыслары өзбекстанлы илимпазлар тәрепинен әмелге асырылмақта.

    Атап өтилиўинше, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайына уллы илимпаз Әлий Кусшының баласы Қазы Абдураҳман қәлемине тийисли "Равнақ-ул бўстон" шығармасының факсимиле нусқасы алып келинди.

    Бул шығарманың тийкарғы нусқасы Ая София китапханасында сақланбақта.

    Китап Орайға Стамбул университети профессоры Эмек Ушенмез тәрепинен усынылды. "Равнақ-ул бўстон" бағшылыққа бағышланған болып, онда мийўелерди жетистириў, сақлаў ҳәм нәллерди тәрбиялаў бойынша баҳалы усыныслар берилген.