Бул сәне 1857-жылы Бонн қаласында болып өткен Төменги Рейн тәбияттаныўшылары ҳәм шыпакерлер жәмийети мәжилисинде биринши мәрте неандертал адамның қалдықлары усынылғанына бағышланған. Бул антропологиялық табылма Германияның Неандертал ойпатлығында табылған ҳәм кейин ала илимий жақтан неандертал адамның бар екенлигин тастыйықлаўшы ең әҳмийетли дәлилге айланды.
ӨзР ИА Миллий археология орайы Неандертал адам сүйеклери Өзбекстанда да табылғанын еслетип өтти.
Олардан ең әҳмийетлиси Тесиктас табылмасы болып табылады. 1938-жылы А.П.Окладников тәрепинен Тесиктас үңгиринен 8-10 жасар неандертал бала сүйек қалдықлары табылған.
Ең қызық тәрепи, баланың қалдықлары таў ешкиси шақлары менен қоршалған ҳалда жерленген. Бул болса, изертлеўшилердиң пикиринше, неандерталлардың диний түсиниклерге ийе болғанлығын көрсетеди.
Қалдықлар 70-50 мың жыл алдын жасаған неандерталға тийисли болып, сүйеклердиң антропологиялық анализи оның типик неандертал көринисине ийе болғанын тастыйықлаған.
Неандертал адам сүйеклери табылған және бир естелик Қашқадәрья ўәлаяты Китаб районындағы Ангалак үңгиринен де табылған. Бул жерде Р.Х. Сулейманов ҳәм М. Глантз тәрепинен 2002-2005-жыллары өткерилген изертлеўлер нәтийжесинде аяқтың табан сүйеги (аяқ сүйеклеринен бири) анықланған.
Бул табылма неандерталлар Орта Азия аймағында турақлы ямаса мәўсимлик жасаўын тастыйықлайды ҳәм олардың миграция бағдарлары ҳаққында жаңа мағлыўмат береди. Бул изертлеўлер үлкемиздиң неандерталлар жасаған ең шығыс шекелеринен бири болғанын және бир мәрте тастыйықлады.
Өзбекстан аймағы менен байланыслы үшинши өзине тән табылма Ташкент ўәлаяты Бостанлық районы аймағындағы Оби-Раҳмат үңгириндеги неандертал ҳәм Ҳомо сапиэнслердиң аралас популяциясынан туўылған гибрид түрге тийисли.
Оби-Раҳмат үңгири неандертал ҳәм заманагөй инсанлар арасындағы гибридлениў ҳаққындағы ең әҳмийетли дәлиллерден бирине ийе. Бул жерде табилған адам сүйеклери неандерталларға да, Ҳомо сапиэнс ўәкиллерине де тән болған белгилерди көрсетеди.
Бул табылма неандерталлар тек ғана жоқ болып кетпегенлигин емес, ал айырым аймақларда Ҳомо сапиэнс (заманагөй адам) менен генетикалық араласыў нәтийжесинде жоқ болып кеткенлигин тастыйықлайды.
Неандерталлар Европа ҳәм Азия бойлап жүз мың жыллар даўамында жасаған, бирақ 40 мың жыл алдын олардың саны кескин азайып, кейин ала пүткиллей жоқ болып кеткен. Олардың жоқ болып кетиўине себеп сыпатында ықлым өзгериўи, Ҳомо сапиэнс пенен бәсеки яки генетикалық араласыў сыяқлы факторлар келтириледи.
Өзбекстан аймағындағы Тесиктас, Ангалак ҳәм Оби-Раҳмат үғгирлери илимий жақтан үлкен әҳмийетке ийе болып, олар арқалы неандерталлар Орта Азияның әййемги халқы болғанлығын ҳәм олардың Ҳомо сапиэнс пенен байланыста болғанлығын көрсетеди.
Бүгинги күнде генетикалық изертлеўлер неандерталлар заманагөй инсанлардың тиккелей ата-бабалары болмаса да, олар бизиң эволюцион тарийхымыздың ажыралмас бөлеги екенин тастыйықлайды.


