Өзбекстанлы оқыўшылар халықаралық математика олимпиадасында 17 медалды жеңип алды

    Билимлендириў 30 сәуір 2025 881

    Усы жылдың 21-25-апрель күнлери Түркменстанның Ашхабад қаласында II Халықаралық математика олимпиадасы болып өтти.

    Атап өтилиўинше, онда 15 ке шамалас мәмлекетлер қатарында Өзбекстан сайланды командасы да қатнасып, жәми 17 медалды қолға киргизди.

    Ең қуўанышлысы, медаллардың 6 данасы сайланды команда ағзалары болған бухаралы оқыўшылардың үлесине туўра келеди:

    2 алтын

    Жавоҳир Маматқулов, Қаракөл қәнигелестирилген мектеп интернаты;

    Меҳмонбек Амонов, Қаракөл қәнигелестирилген мектеп интернаты;

    2 гүмис;

    Нурбек Умаров, Қаракөл қәнигелестирилген мектеп интернаты;

    Дурбек Ўктамов, Вобкент қәнигелескен мектеби;

    2 бронза

    Сиёвуш Очилов, Қаракөл қәнигелестирилген мектеп интернаты;

    Бахтиёр Остонов, Қаракөл қәнигелестирилген мектеп интернаты.