Илажда Уллы Британия Парламенти, министрликлери ҳәм уйымлары, изертлеў ҳәм таллаў орайлары, жоқары оқыў орынлары, исбилерменлик топарлардың ўәкиллери, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлердиң хызметкерлери ҳәм ўатанласларымыз қатнасты.
Ашылыў мәресиминде мәмлекетимиз елшиси Равшан Усманов сырт ел тәрепин елимизде өткен жылы улыўмахалықлық референдум тийкарында қабыл етилген жаңа редакциядағы Конституция, оның Жаңа Өзбекстан реформалары шеңбериндеги әҳмийети, мәмлекеттиң Тийкарғы нызамында белгиленген тынышлық ҳәм раўажланыў принциплери менен таныстырды.
Сондай-ақ, Конституция елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, күшли пуқаралық жәмийет, еркин базар қатнасықлары ҳәм жеке меншик мүлк үстинлигине тийкарланған экономиканы қурыў, халқымыз ушын тыныш, абат ҳәм абадан турмыс қурыў, Өзбекстанның халықаралық майданда мүнәсип орын иелеўинде беккем тийкар болып хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Баронесса Уддин, Британия парламенти Лордлар палатасының ағзасы, Өзбекстанда жүз берип атырған жаңаланыўлар менен өзгерислерди унамлы баҳалап, Лондонның Ташкент пенен барлық тараўларда байланысларды кеңейтиўден мәпдар екенин мәлим етти. Жаңаланған Өзбекстан Конституциясының мәмлекеттиң көп миллетли халқы, реформалар ҳәм раўажланыў ушын әҳмийетли екенин айрықша атап өтти.
Лорд Вейверли усы жыл октябрь айында жаңаланған Конституция тийкарында Олий Мажлис ҳәм жергиликли кеңеслерге болып өткен сайлаўларда халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасыўы даўамында бул әҳмийетли сиясий илаждың ашық-айдынлық ҳәм бәсеки руўхында өткени Тийкарғы нызамды турмысқа енгизиў жолындағы биринши оғада әҳмийетли қәдем болғанын атап өтти.
Илаждың мәдений бөлиминде Өзбекстаннан келген "Бунёд" ансамбли атқарыўындағы нама ҳәм қосықлар жыйналғанларға байрам кейпиятын бағышлады, деп хабар береди "Дунё" ХА.