Қарарға бола, биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилер, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм аймақлық ҳәкимликлер 2025-жылы бюджет қаржыларын үнемлеў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша барлық зәрүр илажларды көриўи керек.
Консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигиниң артыўына алып келиўи мүмкин болған мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар есабынан қосымша қәрежетлер тек ғана қосымша дәрамат дәреги болған жағдайда ямаса басқа қәрежетлерди қысқартыў есабынан әмелге асырылады.
Жыл ақырына шекем төмендегилер бойынша усыныслар киргизиў қадаған етилди:
республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының басқарыў хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдарларын арттырыў (мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарын арттырыўдан тысқары);
Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан хызмет автомобиллери (арнаўлы автотранспорт қураллары буған кирмейди), қымбат баҳалы жумсақ мебель ҳәм офис үскенелерин (билимлендириў, илим, денсаўлықты сақлаў, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында пайдаланылатуғынларынан тысқары) сатып алыў.
Республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының бюджеттен тысқары қорлары есабынан хызмет автомобиллери (арнаўлы автотранспорт қураллары буған кирмейди), қымбат баҳалы жумсақ мебель ҳәм офис үскенелери тек ғана Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда сатып алынады.
Бюджет шөлкемлериниң 2025-жыл ушын қәрежетлер сметасын дүзиў процесинде мебель ҳәм офис үскенелерин және товар-материаллық резервлерин сатып алыў қәрежетлериниң муғдарын 2024-жылға салыстырғанда 10 процентке азайтыў менен (бақшалар, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелеринен тысқары) режелестириў тапсырмасы берилди.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына төмендегилер қатаң қадаған етилди:
бюджет қәрежетлери параметрлерин қәлиплестириўде мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, азық-аўқат өнимлери ҳәм дәри-дәрмақ қуралларын сатып алыў, сондай-ақ, коммуналлық хызметлер қәрежетлери ушын қаржы жетиспеўшилигине жол қойыў;
жергиликли бюджет ҳәм оның қосымша дәреклери есабынан нормативлик-ҳуқықый тийкары болмаған қосымша штат бирликлерин сақлаў;
қаржыландырыў дереги анық болмаған илажларды әмелге асырыў.
2025-жыл 1-январьдан район (қала) бюджетлеринен қаржыландырылатуғын денсаўлықты сақлаў мәкемелерин сақлаў қәрежетлери Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджетинен, ўәлаятлардың ўәлаят бюджетлери ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджетинен қаржыландырыўға өткериледи.