Пәрманға бола, 2026-жыл 1-февральдан "Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген шаңарақлардың жасларына төмендеги жеңилликлер бериледи:
- мобилизациялық шақырыў резервинде әскерий хызметти бийпул өтеў тәртиби енгизиледи ҳәм бул мақсетлер ушын субсидия ажыратыў тәртиби бийкар етиледи;
"Жаслар дәптери" қорлары арқалы:
- «А», «B», «D» ҳәм «DE» категориялы айдаўшылық гүўалығын алыў ушын автомототранспорт қуралларының айдаўшыларын оқытыў курсларының қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия төленеди;
- дүзилген социаллық контракт шәртлериниң орынланыў дәрежесинен келип шығып, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлеринде билим алып атырған студентлер ушын контракт суммасының 50 процентине шекемги бөлеги төленеди, бунда бир оқыў жылы ушын төлемниң улыўма муғдары БЕМның 50 есесинен артпаўы керек;
Социаллық жәрдемниң ҳәр қыйлы түрлеринен бир шахс 1 жыл даўамында көби менен 2 мәрте пайдаланыўы мүмкин.