Апатшылық ўақыялары бойынша жергиликли басшылар тәрепинен мағлыўмат берилди.
Ҳәзирги ўақытта 13 адам емлеўханада, 6 адам емлеўханаға өткерилген.
Қайтыс болғанлар саны 7 адам болып, олардың арасында 16 жасар қыз да бар.
26-февраль күни кеште кафеде газ жарылыўы ҳәм өрт келип шыққан. Дәслеп кеминде 20 адам жарақат алғаны, алты адам қайтыс болғаны ҳаққында хабар берилген еди.
Кафе бес қабатлы турақ жайдың қоспа имаратында жайласқан. Газ-ҳаўа араласпасынан жарылыў пайда болып, кейин ала жаныў жүз берген. Өрт өшириўшилер 10 нан аслам адамды қутқарып, 8 газ баллонын алып шықты, деп жазады regnum.ru.