Мантығып атырған қызларды қутқарып, қайтыс болған Абдуманноп Самиқовтың шаңарақ ағзаларына "Жасорат" медалы тапсырылды

    Социаллық турмыс 3 маусым 2025 1253

    Сондай-ақ, қутқарыў жумысларында белсендилик көрсеткен "Бөрижар" спорт комплексиниң жумысшысы Нурмуҳаммад Мамасалиев те "Жасорат" медалы менен сыйлықланды.

    Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң хабар бериўинше, бүгин 3-июнь күни Ташкент қаласы ҳәкимлиги имаратында Айрықша жағдайлар министриниң биринши орынбасары - Штаб баслығы полковник С.Т.Зупаров ҳәм Ташкент қаласы ҳәкими Ш.Б.Умурзаковтың қатнасыўында марҳум Абдуманноп Самиқовтың шаңарақ ағзалары ҳәм Нурмуҳаммад Мамасалиевке мәмлекетлик сыйлықлар тапсырылды.

    Сондай-ақ, бүгин, 3-июнь күни марҳум А.Самиқовтың өмирлик жолдасына 50 млн сум, Н.Мамасалиевқа 25 млн сум муғдарында материаллық жәрдем тапсырылды.

    Еслетип өтемиз, усы жылдың 5-май күни Ташкент қаласынан ағып өтетуғын Бөрижар каналынан шөгип баратырған еки қызды қутқарып, өзи қаҳарманларша қайтыс болған мәрт ҳәм батыр ўатанласымыз Абдуманноп Самиқов ҳәм усы қызларды қутқарыўда жанкүйерлик көрсеткен "Бөрижар" спорт комплексиниң жумысшысы Нурмуҳаммад Мамасалиевти Мәмлекетимиз басшысы "Жасорат" медалы менен сыйлықлаў ҳаққындағы пәрманға қол қойды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates