"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, 6-7-июнь күнлери республика аймағына салқын ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келиўи басланады. 6-июньда Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы, Самарқанд, Қашқадәрья ўәлаятларында, 7-июньда Ташкент, Сурхандәрья ўәлаятларында ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.
Ҳаўа температурасының әсте-ақырын төменлеўи күтилмекте. 6-июньда арқада, қублада ҳәм шөл аймақларда, 7-июньда орайлық ҳәм шығыс ўәлаятларда температура 28-33 дәрежеге шекем, жаўын-шашын ўақтында 25-27 дәрежеге шекем төменлейди. 8-июньда Өзбекстанның барлық аймағы бойынша жаўын-шашын күтилмейди.
Республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте. 5-6-июньда айырым жерлерде айырым ўақытлары 20-22 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Ташкентте: бүгин күндиз ҳаўа алағат бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўаның температурасы 36-38 дәреже болады. 6-июньда ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Температура 33 градус әтирапында болады. 7-июньда қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 27-29 градус жыллы болады. 8-июньда жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўаның температурасы 33-35 градус жыллы болады.