Сурхандәрья ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы сақланады.
13-14-декабрь күнлери ҳаўа температурасы түнде 0-5 дәреже жыллы, күндиз 7-12 дәреже жыллы, айырым жерлерде 15 дәрежеге шекем жыллы, арқада 2-7 дәреже жыллы әтирапында болады.
15-декабрьде Өзбекстан аймағына арқа-батыстан ығаллы ҳәм суўық ҳаўа массаларының кирип келиўи басланады. Республикамыз аймағында жаўын-шашын (жаўын, қар) бақланады, айырым жерлерде күшли болады. Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында айырым жерлерде бираз қар жаўады.
Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм азанда 0-5 дәреже жыллы, күндиз -3 дәреже суўыққа шекем төменлейди, арқада түнде -5...-10 дәреже суўық, күндиз -2...-7 дәреже суўық болады.
Самал 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, 15-16-декабрьде айырым жерлерде айырым жерлерде 20-25 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. 15-16-декабрьде жолларда музлаў бақланады. Республиканың айырым жерлерине думан түсиўи мүмкин.
Пайтахтымызда: 13-14-декабрь күнлери жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана 14-декабрь ақырында азғана жаўын-шашын болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде +3...+5 градус жыллы, күндиз +10...+12 градус жыллы болады.
15-декабрьде ҳаўа бултлы болады, жаўын-шашын (жаўын, қар) күтиледи. Самалдың тезлиги 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм азанда 1-3 градус жыллы болады, күндизги ўақытлары -1...-3 градус суўыққа шекем пәсейеди.
16-17-декабрь күнлери ҳаўа температурасы түнде 8-13 градус суўыққа шекем, айырым жерлерде 15 градус суўыққа шекем, күндиз 0-5 градус суўыққа шекем пәсейиўи күтилмекте.