Бул ҳаққында Ўзгидромет хабар бермекте.

Жума күни ҳаўа температурасы тийкарынан күндиз +35...+37 дәреже, қублада +40 дәрежеге шекем болады. Синоптиклерге бола, бул август айының биринши он күнлигиниң климатлық нормаға жақын.

Дем алыс күнлери температура күндизги ўақытлары +37...+40 дәреже әтирапында, қублада +42 дәрежеге шекем көтериледи.

Самал 7−12 м/с тезликте еседи, 10-августта республика арқасында айырым жерлерде 13−18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.

Ташкент қаласында тийкарынан аз бултлы ҳаўа-райы бақланады. Самал шығыстан 3−8 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде +21, +23 градус, күндиз 8-августта +35...+37 градус, 9−10-августта +37...+39 градус болады.