Агентликтиң хабар бериўинше, бүгин ҳәм дем алыс күнлери Өзбекстан аймағы бойлап турақсыз ҳаўа-райы күтилмекте. Республикада ўақты-ўақты жаўын-шашын болады, арқада жаўын-шашын қар көринисинде, қалған аймақларда тийкарынан жаўын-шашын көринисинде болады, 18-19-январь күнлери айырым жерлерде қар жаўады.
Ферғана ойпатлығы аймақларында жаўын-шашын тек ғана 19-январьда бақланады. Күндиз 8-11 дәреже ыссы, шемби ҳәм екшемби күнлери түнде 0-5 дәреже ыссы, күндиз 2-7 дәреже ыссы болады. Түнде ҳәм азанда республика бойлап айырым жерлерде думан түсиўи мүмкин.
Самал шығыстан батысқа өзгерип, 7-10 м/с тезликте еседи, 18-19-январь күнлери айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди.
Пайтахтымызда: ўақты-ўақты жаўын жаўады, 18-январь күни түнде ҳәм 19-январьда ўақты-ўақты жаўын-шашын (жаўын, қар) күтиледи. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Жеңил орташа тезликтеги самал болады. Бүгин ҳаўа температурасы күндиз 8-10 дәреже ыссы, шемби ҳәм екшемби күнлери түнде 0-2 дәреже ыссы, күндиз 4-7 дәреже ыссы болады.