Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Перспективалы кадрларды мақсетли таярлаў және оларды мәмлекетлик басқарыў ҳәм хызметке нәтийжели тартыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-78-санлы, 05.05.2025-ж.) қабыл етилди.
Пәрманға бола, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясы етип қайта шөлкемлестириледи.
Академияның тийкарғы ўазыйпаларынан бири сыпатында мәмлекетлик хызметкерлердиң маманлығын турақлы арттырып барыў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, басқарыў кадрларын магистратура ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў басқышларында оқытыў белгиленди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясының Қәўендерлик кеңеси дүзиледи.
2025-жыл 1-июльден баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик хызметкерлердиң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў хызметкерлердиң кәсиплик раўажланыў талапларына тийкарланған ҳалда шөлкемлестириледи және маманлық арттырыўдың дәстүрий, альтернатив ҳәм еркин түрлери енгизиледи.