баннер
2 Mar 2025
19:16

    Мәмлекетлик бағдарлама жойбары додаланды

    Президент Шавкат Мирзиёев 27-январь күни "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы мәмлекетлик бағдарламасы жойбары бойынша мәжилис өткерди.

    Бүгин дүньяда ықлым өзгерислериниң унамсыз ақыбетлери айқын сезилмекте. Буны алдыннан көрип, мәмлекетимизде экологиялық таза экономикаға өтилмекте.

    Кейинги үш жылда орынларда 3,5 гигаваттлы 16 ири қуяш ҳәм самал электр станциялары иске қосылды, 35 киши ГЭС қурылды. Санаатта "жасыл энергия" сертификаты системасы енгизилди. Қуяш панеллерин орнатқан шаңарақлар 60 мыңнан асты. "Жасыл мәкан" бағдарламасы шеңберинде тереклер егилип, бағлар жаратылмақта. Суўдан үнемлеп пайдаланылмақта.

    2025-жыл мәмлекетимизде "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика" жылы деп жәрияланды. Бул бағдарда мәмлекетлик бағдарлама жойбары ислеп шығылып, бир ай даўамында жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилди. Оның менен 11 миллион пуқара танысып, 100 ден аслам усыныслар таңлап алынды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң тармақлары ҳәм басқа да ўәкилханалары бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

    Мәмлекетлик бағдарламадағы ең үлкен бағдарлардан бири энергетика болып табылады.

    Кейинги жыллардағы жеделлик себепли мәмлекетимиздиң улыўма қуўатлықларында "жасыл" энергия үлеси 16 процентке жетти. Быйыл оны 26 процентке көтериў режелестирилген. Оның ушын және 3,5 гигаваттлы 16 ири қуяш ҳәм самал станциясы, 160 мегаваттлы 5 ири ГЭС ҳәм 1,8 гигаваттлы энергия сақлаў қуўатлықлары иске қосылады.

    Мәмлекетимиз басшысы буған қосымша және 1 гигаватт қуўатлылықтағы жойбарларды қәлиплестириў бойынша көрсетпе берди.

    Сондай-ақ, мәмлекетлик кәрханалар, санаат ҳәм хызмет көрсетиў комплекслери және шаңарақларда қуяш панеллерин орнатыўды хошаметлеў даўам еттириледи. Оған 2 триллион сум кредит ажыратылады.

    Сырдәрья ўәлаяты Боёвут районындағы 19-мектеп тәжирийбеси тийкарында бақша, мектеп ҳәм емлеўханаларда ыссылық насосын енгизиў ғалаба ен жайдырылады.

    "Жасыл экономика" бул тек ғана таза энергетиканы раўажландырыў емес, ал тармақларда энергия нәтийжелилигин арттырыў болып есапланады.

    Быйыл кеминде 6 процент экономикалық өсиў пәтин сақлап қалып, жалпы ишки өнимди 125 миллиард доллардан арттырыў мақсет етилген. Буған ерисиўде исшеңлик ҳәм үнемлилик жүдә әҳмийетли.

    Сонлықтан Бас министрдиң орынбасары - экономика ҳәм қаржы министрине энергия нәтийжелилиги есабынан қәрежетлерди 15-20 процентке шекем қысқартыў ҳәм қосымша қунды көбейтиў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.

    Мәмлекетимиз басшысы ресурс үнемлеўши экономика моделине өтиў ўақты келгенин атап өтти.

    Мысал ушын, электротехника, автомобиль қурылысы, фармацевтика ҳәм азық-аўқат санаатында 1 тонна энергия жумсалыўына туўра келетуғын қосымша қун химия, қурылыс материаллары, тоқымашылық тармағындағыдан 15-20 есеге жоқары.

    Жоқарыдағы тараўларда да ресурсларды үнемлеў, аз энергия жумсап, көп қосымша қун алатуғын тармақларды раўажландырыў ўазыйпасы қойылды. Энергия тутыныўы жоқары болған 400 ири санаат кәрханасы энергия аудитинен өткерилип, үнемлеўши технологиялар енгизилетуғыны белгиленди.

    Жақын келешекте раўажланған мәмлекетлер тек ғана "жасыл технология" тийкарында ислеп шығарылған өнимлерди алады. Соның ушын ҳәзирден-ақ оған айрықша итибар қаратылмақта. Быйыл өндирис ҳәм инфраструктура жойбарларының 15 проценти, 2027-жылдан 30 проценти, 2030-жылдан 55 проценти "жасыл" болады. Аз углеродлы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Жәҳән банки ҳәм басқа да шөлкемлерден 300 миллион доллар ресурс тартылады.

    Энергетика комплекслерин қурыўда 4 миллиард долларлық үскене ҳәм комплектлеўши бөлеклер жергиликли кәрханаларда ислеп шығарылады. Бул арқалы ири жойбарларда "жасыл компонент" үлеси 25 проценттен 31 процентке жетеди.

    "Жасыл мәкан" бағдарламасы шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп терек егилип атыр. Өткен 3 жылда 698 бағ ҳәм 316 жәмийетлик парк шөлкемлестирилди. Арал теңизиниң қурыған ултанында дерлик 2 миллион гектарлық путазарлық жаратылды.

    Буны даўам еттирген ҳалда, быйыл нәлшилликке қәнигелескен 18 тоғай хожалығы шөлкемлестириледи. Оларда "илимий-жойбар-әмелият" принципи тийкарында генетикалық селекция жумыслары күшейтилип, туқымгершилик лабораториялары, интенсив тәжирийбе участкалары ҳәм "аналық" плантациялары жолға қойылады.

    Бул хожалықларда усы жылы 123 миллион нәл таярланады. "Жасыл әлем" платформасы иске қосылып, оларды онлайн сатып алыў жолға қойылады.

    Аймағында терек еккен, өндиристе экологиялық таза үскене ҳәм материаллардан пайдаланғанларға "жасыл исбилермен" статусы бериледи. Бул исбилерменлердиң рейтингинде де есапқа алынады. Оларға сыртқы базарларға шығыўы ушын "жасыл сертификат" алыў, базар табыўда ҳәр тәреплеме жәрдем бериледи.

    Мәжилисте жуўапкерлер мәмлекетлик бағдарлама жойбарында нәзерде тутылған ўазыйпалар ҳәм оларды әмелге асырыў режелери бойынша мәлимлеме берди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech