Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында жүз берип атырған кең көлемли өзгерислер шараятында пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириў, Халық қабыллаўханаларының имканиятларын кеңейтиў, олардың жумысына заманагөй көзқарасларды енгизиў, сондай-ақ, қарар қабыл етиўде жәмийетлик пикирди терең үйрениў ҳәм есапқа алыўдың әҳмийети артпақта.
Халықтың кейпияты, талап ҳәм үмитлерин анық ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениў ушын заманагөй профессионал социологиялық ҳәм аналитикалық усыллардан пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул реформалардың нәтийжелилиги ҳаққында объектив мағлыўмат алыў ҳәм узақ мүддетли раўажланыў бағдарламаларын ислеп шығыўда әҳмийетли фактор болмақта.
Президентимиз халық пенен пикирлесиў мәдениятын избе-из беккемлеў, пуқараларды еситиў ҳәм олардың пикирин есапқа алып қарар қабыл етиў мәмлекетлик уйымлар жумысының тийкарғы принципи болыўы керек екенлигин атап өтти.
Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў, орынлардағы атқарыўшы ҳәкимият уйымларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири тек ғана мүрәжатларға жедел түрде мүнәсибет билдириў емес, ал оларды системалы таллаў, социологиялық изертлеўлер нәтийжелери менен салыстырыў ҳәм зәрүр шешимлер ислеп шығыў, улыўма алғанда, сөйлесиўдиң сапасын арттырыў ҳәм мәмлекет пенен жәмиет арасындағы исенимди беккемлеў екени және бир мәрте атап өтилди.
Ҳәкимият ҳәм халықтың турақлы бирге ислесиўиниң институционаллық тийкарларын және де беккемлеў, жаңаша қатнасықларға тийкарланған жәмийетлик пикирди үйрениў системасына байланысқан заманагөй моделди қәлиплестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Додалаў жуўмақлары бойынша жуўапкерлерге халық пенен пикирлесиў механизмлерин жетилистириў, мүрәжатлар менен ислесиў нәтийжелилигин арттырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.











