Мәмлекетлик ипотека кредити проценти төменледи

    5 наурыз 2025 2023

    Президент пәрманы менен Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы қаржылары тийкарында ажыратылып атырған ипотека кредитлериниң процент ставкасы төменлетилди.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына бола бирлемши базардан турақ жай сатып алыў ушын Компанияға муўапық талаплары тийкарында бирге ислесиўши коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылып атырған ипотека кредитлери сизге жаңаланған қолайлы шәртлерде турақ жайға ийе болыўыңызда жәрдем береди.

    Кредит шәртлери:

    Мүддети - 20 жылға шекем

    Муғдары - 800 млн. сумға шекем Ташкент қаласы кесиминде, 500 млн. сумға шекем Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар кесиминде.

    Пайыз ставкасы - Орайлық банк тийкарғы ставкасы + 6%

    Мағлыўмат орнында: 2024-жылы бул көрсеткиш +8% ти қураған еди.