Қарарға бола, мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрханаларды халықаралық ҳәм жергиликли базарларда сатыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

29 мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрхана устав капиталындағы акциялар пакетин (үлеслерин) абырайлы халықаралық профессионал консултантларды тартқан ҳалда ғалабалық саўдаларға шығарыў;

12 мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрхананың устав капиталындағы акциялар пакетиниң халықаралық ҳәм жергиликли фонд базарларында бирлемши (IPO) ҳәм (ямаса) екилемши (SPO) ғалабалық усынысын өткериў.

2025-жыл 1-июльға шекем Энергетика министрлигиниң жанылғы жеткерип бериўдиң ең аз муғдары бойынша кепиллиги тийкарында халықаралық базарда ыссылық электр станцияларының ашық ғалабалық саўдаларын жәриялайды.

Буннан тысқары, 2025-жыл 1-декабрьге шекем мәмлекетлик кәрханаларды 2030-жылға шекем реформалаў ҳәм меншиклестириў стратегиясы ислеп шығылыўы тәмийинленеди.