Өзбекстан Республикасы Президентиниң "2025-жыл ушын меншиклестириў бағдарламасы ҳаққында"ғы пәрманы (ПП-70-санлы, 21.04.2025-ж.) қабыл етилди.
Пәрманға бола, 2025-жылы меншиклестириўдиң тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:
- 30 триллион сумлық мәмлекетлик активлер ҳәм жер участкаларын сатыў ҳәм кеминде 10 триллион сум түсимди тәмийинлеў;
- мәмлекет ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларға тийисли 115 жәмийеттиң устав капиталындағы үлеслерин, 659 көшпес мүлк объектин ҳәм 6,1 мың гектар жер участкаларын саўдаға шығарыў;
- дәслепки басқышта кеминде 30 пайдалы қазылма кәни;
- ҳәм участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын саўдаға шығарыў.
Сондай-ақ, 2030-жыл 1-январьға шекем мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды шөлкемлестириўге мораторий енгизиледи.
Майданы 10 мың метр квадратқа шекемги мәмлекетлик мүлк объектлери жоқары технологиялы өним ислеп шығаратуғын исбилерменлерге 5 жыл мүддетке тиккелей бийпул пайдаланыўға бериледи ҳәм шәртнама шәртлери орынланған жағдайда бул исбилерменлерге баҳаланған баҳада тиккелей сатылады.
Басланғыш баҳасын басқышпа-басқыш төменлетиў механизми қолланылғаннан кейин де 1 жылдан артық мүддетте сатылмаған ҳәм қарыйдарлар ушын тартымлы болмаған көшпес мүлк объектлери басқа юридикалық шахслардың устав капиталына үлес сыпатында киргизиледи.
Базарлар ҳәм саўда комплекслериниң устав капиталында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мәжбүрий қатнасыўы ҳаққындағы талап бийкар етиледи.



