Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәмлекетлик медицина мәкемелеринде халыққа үзликсиз медициналық жәрдем көрсетиўди шөлкемлестириў ҳаққында тийисли буйрығы қабыл етилди.
Бул буйрыққа бола, енди Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы ҳәм оның аймақлық мәкемелеринен тысқары, Республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары, олардың аймақлық филиаллары ҳәм басқа да бир қатар емлеўханаларда тийкарғы жумыс саатлары және оннан тысқары ўақытта турақлы түрде мәкемеде бар медициналық диагностика үскенелеринен (МРТ, МСКТ, КТ) пайдаланған ҳалда, орнатылған тәртип тийкарында, күни-түни медициналық хызмет көрсетиў шөлкемлестириледи.
Жеңилликли категориядағы, қыстаўлы ҳәм кешиктирип болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиў талап етилетуғын наўқасларға бюджет қаржылары есабынан бийпул, басқа жағдайларда болса төлемли тийкарда медициналық хызмет көрсетилиўи белгиленди.
Медициналық хызметлерди төлемли тийкарда көрсетиўде мийнет ҳақы менен байланыслы қәрежетлер, жумсалатуғын дәри-дәрмақ, реагентлер, жумсаў қураллары бойынша барлық қәрежетлер төлемли хызмет есабынан қапланады.
Медицина мәкемелериниң басшылары:
күни-түни көрсетилетуғын медициналық хызметлердиң сапасына, оларды тиккелей әмелге асырыўшы медицина хызметкерлериниң мийнет ҳақы төлемлериниң өз ўақтында төлениўине;
медициналық әсбап-үскенелердиң саз жағдайда сақланыўы ҳәм турақлы техникалық жақтан қадағалаўдан өткерилиўи және дәри-дәрмақ ҳәм сарыплаў қураллары менен үзликсиз тәмийинленип барылыўына;
шөлкемлестирилетуғын хызметлер дизимин келиўшилер ушын көриў қолайлы болған орынларда усынылыўын ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларында халыққа жеткерилиўин тәмийинлеўге жеке жуўапкер есапланады.
Сондай-ақ, медициналық үскенелердиң саз жағдайда сақланыўы ҳәм турақлы техникалық жақтан қадағалаўдан өткерилиўи үстинен мониторинг жолға қойылады.