Мәмлекетлик сатып алыўлар системасын жетилистириў стратегиясы ислеп шығылды

    23 желтоқсан 2024 1269

    Ҳүкимет қарары (865-санлы, 20.12.2024-ж.) менен "2025-2027-жылларда мәмлекетлик сатып алыўлар системасын жетилистириў ҳәм раўажландырыў стратегиясы" тастыйықланды.

    Оған бола, Стратегия төмендегилерди нәзерде тутады:

    турақлы мәмлекетлик сатып алыўларды системалы раўажландырыў, соның ишинде, "жасыл" мәмлекетлик сатып алыўларды кеңейтиў;

    мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында санлы технологиялардан пайдаланыўды кеңейтиў;

    мәмлекетлик сатып алыў қатнасыўшыларының шәртнама миннетлемелерине әмел етилиўин мониторинг етиў, таллаў ҳәм қадағалаўдың санлы технологияларға тийкарланған комплексли бағдарламасын енгизиў;

    мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында қәўипти басқарыў, мәплер соқлығысыўы ҳәм филиалластырыў жағдайлары, коррупция ҳәм нызамшылыққа қайшы жағдайларды анықлаў ҳәм олардың алдын алыў илажларын көриў;

    мәмлекетлик сатып алыўларда исбилерменлердиң қатнасыўын кеңейтиў;

    мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, оқыў-методикалық, илимий ҳәм мәлимлеме-аналитикалық базаны жетилистириў.

    Сондай-ақ, 2025-2027-жылларда мәмлекетлик сатып алыўлар системасын жетилистириў ҳәм раўажландырыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша илажлар режеси тастыйықланды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates