Мәмлекетлик сатып алыўларды санластырыў себепли өткен жылы 14 триллион сум бюджет қаржысы үнемленди

    Адамлар кредит алыў ушын көплеген тосқынлық ҳәм иркинишлерди жеңип өтиўи керек еди. Бүгинги күнге келип барлық банклер 100 миллион сумға шекемги турмыслық кредитлерди инсан факторысыз 5 минуттың ишинде онлайн бермекте.

    Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша нызам қабыл етилгени, таңлаў ҳәм тендер санластырылып, саламат бәсеки болғаны себепли өткен жылы 14 триллион сум бюджет қаржысы үнемленди.

    Адамлар кредит алыў ушын көплеген тосқынлық ҳәм иркинишлерди жеңип өтиўи керек еди. Бүгинги күнге келип барлық банклер 100 миллион сумға шекемги турмыслық кредитлерди инсан факторысыз 5 минуттың ишинде онлайн бермекте.

    Нәтийжеде алдын бул жумыс пенен шуғылланған мыңлаған банкирлер енди мәҳәллеге түсип, адамларға жойбар, кредит усыныс етип, қарыйдарын көбейтиў үстинде ислемекте.

    Адамлар баласын мектепке ямаса бақшаға орналастырыўда сергиздан болған, жумысын "басқа жоллар" менен шешиўге туўра келген. Өткен дәўирде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында 10 нан аслам хызмет түрлери толық электрон түрге өткерилди. Бул тараўда мүрәжатлар саны 2,5 есеге азайды.

    Буннан 7-8 жыл бурын жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде "таныс-билислик" ҳәўиж алған еди. Тараў санластырылды, имтиханлар онлайн трансляция болмақта. Дәслеп тест тапсырып, топлаған балына қарап, кейин жоқары оқыў орнына таңлаў системасы енгизилди.

    Жоқары билимлендириўде 35 түрдеги ҳүжжетлерди инсан факторысыз алыўға өтилгени ушын тараўдағы мүрәжатлар 2,2 есеге азайды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates