Ҳәкимшилик регламент мәмлекетлик сатып алыўларда Бирден-бир жеткерип бериўшилер реестрине киргизиў бойынша мәмлекетлик хызметти көрсетиў тәртибин белгилейди.
2025-жыл 1-апрельден юридикалық ҳәм физикалық тәреплерди Бирден-бир жеткерип бериўшилер реестрине киргизиў ушын арзалар Мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы қабыл етиледи.
Арзалар БИМХП арқалы дем алыс ҳәм байрам күнлерине қарамастан, ҳәр күни 24 саат даўамында жиберилиўи мүмкин.
Мәмлекетлик хызмет көрсетилгенлиги ушын төлем өндирилмейди.
Ўәкилликли уйым арза келип түскен күннен баслап 15 жумыс күни ишинде Реестрге бирден-бир жеткерип бериўши сыпатында киргизиў ҳаққындағы арзаны көрип шығады.
Талапкердиң Реестрге киргизиў ҳаққындағы арзасы ҳәм оған қосымша етилген мағлыўматлар ўәкилликли уйым тәрепинен арза келип түскен күннен баслап 2 жумыс күни ишинде Порталға мәжбүрий жәмийетлик додалаў ушын жайластырылады.
Ўәкилликли уйым арза бериўши тәрепинен усынылған мағлыўматлар, республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери тәрепинен усынылған жуўмақлар ҳәм арзаны көрип шығыў даўамында топланған басқа да мағлыўматлар тийкарында арзаны қанаатландырады ямаса қанаатландырыўды бийкарлайды.
Егер арза қанаатландырылса, бул ҳаққында талапкерге QR-код қойылған жуўмақ талапкер өзи келип мүрәжат еткен жағдайда - Мәмлекетлик хызметлер орайына, БИМХП арқалы мүрәжат етилгенде - талапкердиң жеке кабинетине жибериледи.