Елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери татыў шаңарақ болып жасамақта, 157 миллий мәдений орай жумыс алып бармақта. Бул ҳәр түрлилик көп әсирлик тарийхый раўажланыў нәтийжесинде қәлиплескен айрықша социаллық ҳәдийсе болып есапланады.

Өзбекстанда миллий мәдениятларды раўажландырыў, миллетлераралық татыўлықты сақлаў ҳәм беккемлеў, жас әўладты кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик руўхында тәрбиялаўға мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында турақлы итибар қаратылмақта.

"Дослық" паркинде Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети имаратына тутас майданда қурылған павильон да бул итибардың айқын дәлили болып есапланады. Оның архитектуралық көринисинде жигирма еки миллеттиң өзине тән өзгешеликлери өз көринисин тапқан.

Бул жерде қазақ, қырғыз, түркмен ҳәм башқурт қара үйлери, корейс, беларус, украин, грек, немис, дунган, поляк, еврей, грузин, армян, татар ҳәм қырым татарлары, уйғыр, түрк, тәжик, қытай, рус ҳәм әзербайжан халықларының еки қабатлы дослық үйлери қурылған.

Ишки сарайлар бул жердеги ҳәр бир халықтың миллий дәстүрлерине сәйкес түрде безелген. Экспозицияда миллий кийимлер, музыка әсбаплары, әмелий көркем өнер үлгилери, тарийхый макетлер, мәдений мийрасты сәўлелендиретуғын көплеген экспонатлар орын алған.

Бүгин павильон Наўрыз байрамы руўхына толы, себеби Наўрыз - дослық ҳәм татыўлық сыяқлы ийгиликли идеяларды өзинде жәмлеген байрам.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир шаңарақтың жумысы менен танысты. Қатнасыўшылар менен қызғын сәўбетлести.

Ушырасыўларда улыўмахалықлық байрамларды жоқары дәрежеде өткериўде миллий мәдений орайлардың хызметлери айрықша атап өтилди. Өзиниң жоқары ўатансүйиўшилиги ҳәм пидәкерлик мийнети менен республиканың социаллық-экономикалық потенциалын беккемлеўге мүнәсип үлес қосып атырған түрли миллет ўәкиллерине миннетдаршылық билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы павильон мийманлары ушын шөлкемлестирилген көркем бағдарламаны көзден өткерди, миллий мәдений орайлардың ўәкиллери менен сүўретке түсти.