Илажда Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Молдова, Россия, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымлары, ҒМДА Атқарыў комитетиниң ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўда Өзбекстаннан Бас прокуратура жанындағы Департамент баслығының орынбасары Шуҳрат Алиризаев басшылығындағы делегация қатнасты.
Мәжилис даўамында экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, оператив-излеў илажларын әмелге асырыўда әмелий бирге ислесиўди беккемлеў, салық ҳәм финанслық тергеў уйымларының кадрларын таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселелери додаланды.
Департамент делегациясының усы халықаралық илажда қатнасыўы көп тәреплеме уйымлараралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбеси менен алмасыўға хызмет етеди.









