Өзбекстан парламенти делегациясы қурамында Олий Мажлис Сенатының Илим,
билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң баслығы Одилжон
Маматкаримов қатнасты.
Илаж даўамында Европа, Арқа Америка ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринен
келген 250 ден аслам делегация ўәкиллери парламент дипломатиясын раўажландырыў,
халықаралық қәўипсизликти беккемлеў, демократиялық институтлар жумысын
қоллап-қуўатлаў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўдың әҳмийетли мәселелерин додалады.
Сессия даўамында
халықаралық қәўипсизлик механизмлерин жетилистириў, келиспеўшиликлердиң алдын
алыў, демократиялық институтларды беккемлеў, инсан ҳуқықлары ҳәм парламент
дипломатиясын заманагөй қәўип-қәтерлерге сәйкес ҳалда тәмийинлеўге қаратылған
бир қатар баянатлар тыңланды ҳәм додалаўлар өткерилди. Қатнасыўшылар бул
бағдарлардағы бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти.
Орайлық Азия ҳәм
Жипек жолы топары мәжилислеринде Өзбекстан делегациясы ағзалары "Жаңа
Өзбекстан" раўажланыў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған
реформалар, парламент жумысының жетилистирилиўи, билимлендириў, денсаўлықты
сақлаў ҳәм социаллық тараўлардағы өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берди.
Сондай-ақ,
Өзбекстан парламент делегациясы бир қатар ушырасыўлар өткерди. Атап айтқанда,
ЕҚБШ Парламент ассамблеясының Бас хаткери, ЕҚБШ Парламент ассамблеясының
Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили ҳәм Нидерландия делегациясының басшысы
менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерилди.