Өзбекстан делегациясы Душанбе қаласында ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының 59-жалпы мәжилисинде қатнасты

    Усы жылдың 14-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева басшылығындағы парламент делегациясы Душанбе қаласында болып, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламентлераралық Ассамблеясының 59-жалпы мәжилисинде қатнасты.

    Мәжилисте регионаллық парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў, нызамшылық системасын жетилистириў ҳәм турақлы социаллық-экономикалық раўажланыў мәселелери додаланды.

    Мәжилис даўамында парламентлераралық тәжирийбе алмасыў, үлги нызамлар ҳәм усыныслар ислеп шығыў, жаслар сиясаты, ҳуқық-қорғаў, миграция, аймақлық қәўипсизлик, экология ҳәм социаллық-экономикалық турақлылық мәселелери де көрип шығылды.

    Сенат Баслығы Танзила Нарбаева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Жаслар парламенти, адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм жәбирленгенлерди социаллық реабилитациялаў бойынша басламаларды алға қойды.

    Сондай-ақ, аймақлық қәўипсизликти беккемлеў ҳәм тарийхый естеликти сақлаў, жас әўлад арасында миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды қәлиплестириўге қаратылған гуманитарлық жойбарлар, соның ишинде, "Балалар дослығы" ҳәм "Еслеў поезды" басламалары алға қойылды.

    ҒМДА мәмлекетлери делегациялары Өзбекстанның регионаллық жойбарлардағы белсене бирге ислесиўи, интакерлиги, жуўапкершиликли позициясын айрықша атап өтти.

    Сондай-ақ, Өзбекстанның жаслар ҳәм тарийхый естеликти қәстерлеп сақлаў бағдарындағы гуманитарлық басламалары, жойбарлары жоқары баҳаланды.

    Бул мәжилисте парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў, регионаллық турақлылықты беккемлеў ҳәм нызамшылықты жетилистириў бойынша келеси режелерге тийкар жарататуғын қарарлар қабыл етилди.

    Өзбекстан делегациясы бул процесслерде белсене қатнасып, ҒМДА шеңберинде парламент дипломатиясын раўажландырыўға өз үлесин қосты.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates