Соның ишинде, министрлер дәрежесинде "Барлық ҳаял-қызлардың әдил судлаўға ерисиўин тәмийинлеў ҳәм беккемлеў" атамасындағы дөгерек сәўбети ҳәм "Системадағы бослықларды сапластырыў: барлық ҳаял-қызлар ушын әдил судлаўды тәмийинлеў" атамасындағы интерактив сөйлесиўде делегация ағзалары ҳаял-қызлардың әдил судлаўға ерисиўин кеңейтиў ҳәм Өзбекстан суд системасында гендер теңликти тәмийинлеўге қаратылған реформалардың нәтийжелери менен ортақласты.
Сондай-ақ, делегация ағзалары сессия шеңберинде өткерилген жалпы мәжилислер, тематикалық додалаўлар ҳәм ҳәр қыйлы халықаралық ушырасыўларда қатнасып, Өзбекстанда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди.
Соның менен бирге, сапар шеңберинде бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилди. Атап айтқанда, Қазақстан Республикасы делегациясы менен мазмунлы сөйлесиў өткерилип, онда ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың экономикалық ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў тараўында еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.
Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм қоспа илажлар шөлкемлестириўге келисип алынды.