Сапар шеңберинде Өзбекстан делегациясы Европа Аўқамы ҳәм Европа парламенти ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерди. Соның ишинде, Европа парламентиниң Ҳуқықый мәселелер комитетиниң баслығы Илхан Кючюк пенен ушырасыўда еки тәреплеме сиясий сөйлесиў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.
Бельгия Сенатының ағзасы, "Бельгия - Өзбекстан" дослық лигасының баслығы Стефани Д‘Оз бенен сөйлесиўде парламентлераралық байланыслар ҳәм экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылды.
Европа парламенти депутаты Томас Здеховский менен ушырасыўда парламентлераралық сөйлесиўди кеңейтиў, регионаллық турақлылық ҳәм экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.
Парламентлердиң тийисли комитетлери арасында өз-ара тәжирийбе алмасыў арқалы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша да пикир алысылды.












